Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлар өз сайлаў округлеринде есабат ушырасыўларын өткерди
янв.21
Есабат тыңланды
янв.21
📌 ДЕПУТАТ СОРАЎЫ ЖИБЕРИЛДИ
янв.21
📌 Deputat sorawı jiberildi
янв.21
Пуқаралардың мүрәжатлары унамлы шешилмекте
янв.21
⏰ «Мадат» мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкеми ҳәм Халық депутатлары қалалық Кеңеси арасында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
янв.21
Қоллап-қуўатлаўдан турақлы абаданлыққа қарай: кәмбағаллықтан шығыў формуласы
янв.21
⏰ Депутатлар қатнасыўында пуқаралар ушырасыў болып өтти
янв.21
⏰ Ушырасыў даўам етпекте
янв.21
Депутатлар сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди
Мәмлекетимизде аҳмийетли жойбарлар әмелге асырылады

 Олий Мажлис Сенатына БМШ Демографиялық қоры (UNFPA)ның
Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Нигина Аббасзаде келди.
 

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда UNFPAның
демографиялық сиясат, репродуктивлик саламатлық ҳәм гендер теңлик тараўларында
алып барып атырған әмелий жәрдеми және БМШ системасындағы исенимли шерик
сыпатындағы әҳмийети атап өтилди.
 

Мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған халықты ҳәм
аўыл хожалығын дизимге алыў илажында Қор тәрепинен тартылған халықаралық
экспертлер ҳәм көрсетилип атырған методикалық жәрдемниң әҳмийети атап өтилди.
 

Тәреплер 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў
бағдарламасы шеңберинде нызамшылық басламаларын ислеп шығыў, онлайн ҳәм гендер
зорлыққа қарсы гүресиў, миллий изертлеўлер өткериў ҳәм шаңараққа бағдарланған
сиясатты раўажландырыў бағдарларында бирге ислесиўди және де тереңлестириўге
таяр екенин билдирди.
 

Ушырасыў жуўмағында стратегиялық шерикликти беккемлеў ҳәм
халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған биргеликтеги бағдарлама ҳәм
жойбарларды әмелге асыратуғын тәреплер мәпдар екени атап өтилди.
 

Халық
депутатлары Кегейли районлық
 

кеңеси
Секретариат баслығы
Б.Искендеров   

Slide 1 of 1