Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлардың халық пенен ушырасыўы болып өтти.
янв.21
Депутатлар халық пенен ушырасыўы
янв.21
Нурлы бостан МФЙ аҳолиси билан учрашув бўлиб ўтди
янв.21
❗️ Депутатлардың ушырасыўлары даўам етпекте….
янв.21
📂ESABAT BOLIP ÓTTI.
янв.21
BIR QATAR MASHQALALAR KÓRIP SHÍĞÍLMAQTA❗️
янв.21
Депутат ушырасыўы болып өтти!
янв.21
🗣 Мүрәжат унамлы шешим таўды
янв.21
❗️Нөкис қаласында «Депутат мәҳәлледе» жойбары өткерилди
янв.21
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты администрациясы аймақлық ўәкиллик органлары искерлигин үйрениў орайы тәрепинен шөлкемлестирилген "Жергиликли Кеңеслердиң искерлигин үлгили шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары" машқалалар ҳәм шешимлер" атамасында көргизбели семинар болып өтти.
Парламентлераралық бирге ислесиўши мәмлекетлер саны көбеймекте

 Олий Мажлис Сенатына Иордания Ҳошимийлер Патшалығының
Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Демия Зухайр Ҳаддод келди.
 

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан
ҳәм Иордания арасындағы дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған
қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.
 

  

Кейинги жыллары еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў
избе-из раўажланып, сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм
парламентлераралық байланыслар беккемленип атырғаны атап өтилди.
 

Парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириў
мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Иордания парламенти мәмлекетте әмелге
асырылып атырған реформаларда әҳмийетли орын ийелейди. Өзбекстанда да Олий
Мажлис мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына қаратылған реформаларды
қоллап-қуўатлаў ҳәм нызамшылық жақтан тәмийинлеўде белсене қатнасып келмекте.
 

Усы мүнәсибет пенен парламентлер арасында сөйлесиўди
кеңейтиў, нызам дөретиўшилиги, парламентлик қадағалаў ҳәм басқа да тараўларда
тәжирийбе алмасыўдан мәпдарлық билдирилди.
 

2026-жыл 3-7-февраль күнлери Иордания Ҳошимийлер Патшалығы
парламенти Мажлиси ал-Әян баслығы Файсал Акиф Мисқал Ал-Файез басшылығындағы
делегацияның Өзбекстанға рәсмий сапарын шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
 

Сапар етиў шеңберинде еки мәмлекет Сенатлары арасында
парламентлераралық бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойыў
режелестирилгени атап өтилди.
 

Мәмлекетлер арасындағы медицина, атап айтқанда, санлы медицинаны
раўажландырыў, жоқары билимлендириў, технологиялар тараўындағы бирге ислесиў
және Иордания ҳәм Өзбекстан биринши бизнес-форумын шөлкемлестириў бойынша да
пикир алысылды.
 

Әлбетте бундай мәмлекетлер арасындағы парламентлераралық
бирге ислесиўди жеделлестириў мәселелерине жергиликли Кеңес депутатларына үлкен
ўазийпалар жукленеди.
 

Б.Матеков  

Халық депутатлары Кегейли районлық
Кеңеси баслығы
  

Slide 1 of 1