Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлардың халық пенен ушырасыўы болып өтти.
янв.21
Депутатлар халық пенен ушырасыўы
янв.21
Нурлы бостан МФЙ аҳолиси билан учрашув бўлиб ўтди
янв.21
❗️ Депутатлардың ушырасыўлары даўам етпекте….
янв.21
📂ESABAT BOLIP ÓTTI.
янв.21
BIR QATAR MASHQALALAR KÓRIP SHÍĞÍLMAQTA❗️
янв.21
Депутат ушырасыўы болып өтти!
янв.21
🗣 Мүрәжат унамлы шешим таўды
янв.21
❗️Нөкис қаласында «Депутат мәҳәлледе» жойбары өткерилди
янв.21
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты администрациясы аймақлық ўәкиллик органлары искерлигин үйрениў орайы тәрепинен шөлкемлестирилген "Жергиликли Кеңеслердиң искерлигин үлгили шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары" машқалалар ҳәм шешимлер" атамасында көргизбели семинар болып өтти.
"Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» атамасында илаж откерилди.

Бүгин 22-июль күни Тахтакөпир районы «Электр тармақлары» кәрханасында “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” атамасында илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, А.Аллиярова, Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы, районлық Кеңес депутаты Н.Азбергенов, Дин ислери бойынша комитетиниң район бойынша бас қәнигеси И.Абдижамилов ҳәм мәкемеде ислеўши хызметкерлер қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, А.Алиярова ашып берди ҳәм басқарып барды. Илажда сөзге шыққанлар, жәмийетимизде социал-мәдений орталықты қәлиплестириў, диний кеңпейилликти ҳәм миллетлерара татыўлықты беккемлеў, мәкемеде ислеўши жаслар арасында жат иллетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў, жаўызлыққа қарсы гүресиўдиң бирден-бир туўры жолы китап оқыў, билим алыў керек екенлигин айрықша атап өтти.