Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
⏰ «Мадат» мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкеми ҳәм Халық депутатлары қалалық Кеңеси арасында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
янв.21
Қоллап-қуўатлаўдан турақлы абаданлыққа қарай: кәмбағаллықтан шығыў формуласы
янв.21
⏰ Депутатлар қатнасыўында пуқаралар ушырасыў болып өтти
янв.21
⏰ Ушырасыў даўам етпекте
янв.21
Депутатлар сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди
янв.21
🎙 Депутатлық ушырасыў ҳәм пуқаралар қабыллаўы болып өтти
янв.21
⏰ Коррупцияға қарсы гүресиў - жәмийет раўажланыўының гиреўи
янв.21
⚡️Депутатлар сайлаўшылар менен ушырасыў өткерди
янв.21
Депутатлардың халық пенен ушырасыўы болып өтти.
янв.21
Депутатлар халық пенен ушырасыўы
ДЕПУТАТТЫҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ

2025-жыл 11-июль күни Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 15-санлы мектеп имәратында Халық депутатлары районлық Кеңесине 14-санлы «Белтаў» сайлаў округинен сайланған депутат Қ.Нурғабулов, 2025-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған депутатлық жумыслары бойынша сайлаўшыларына есабатын берди.

Ушырасыў даўамында, жаңадан қабыл етилген пәрман, қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында аймақ турғынларына үгит-нәсият жумыслары алып барылды. 

Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, депутатлық қадағалаўға алынды.

Slide 1 of 1