Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси комитет баслығы Ш.Утемисов ҳәм жергиликли Кеӊес депутатлары биргеликте Қараөзек АПЖ аймағындағы «Бирдем» суўды душшыландырыўшы станциясы қурылмаларын оӊлаў бойынша келип түскен мүрәжат тийкарында үйрениў жумысларын алып барды.
«Бирдем» суўды душшыландырыўшы станциясы Қараөзек районы суў тармақлары кәрханасы қарамағында болып, бүгинги күнде аўыл пуқаралар жыйыны орайында жасаўшы еки жүзден аслам хожалықты тазаланған ишимлик суўы менен тәмийинлеп келмекте. Аймақ турғынларыныӊ станция қурылмаларын қайта оӊлаў ҳәм турақлы ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша мүрәжаты қадағалаўға алынып, сол күнниӊ өзинде машқала сапластырылды.
Аймақты социал-экономикалық раўажландырыў ҳәм пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиўде депутатлар ҳәм пуқаралар жыйыны ўәкиллериниӊ бирге ислесиўин тәмийинлеў бойынша пикир алысылды.