Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi kotibiyati mudiri Z.Qudratov tomonidan 24 ta muhim yo‘nalish doirasida G‘ujbog‘tepa mahallasida hokim yordamchisi faoliyati o‘rganildi.
янв.21
Xalq deputatlari Navbahor tumani Kengashi deputatlariga O'zbekiston Respublikasining muhim qonunlari biriktirib berildi.
янв.21
#yoshlar_maslahat_guruhi
янв.21
Tuman Kengashi raisi T.Abdiyev hamda kotibiyat mudiri Z.Qudratov tomonidan Oqoltin mahallasida mahalla yettiligining faoliyati 24 ta muhim yo‘nalish doirasida atroflicha o‘rganildi.
янв.21
Депутатлик фаолияти
янв.21
ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ ТАДБИРЛАРИ ЎТКАЗИЛДИ
янв.21
Navbahor tumanidagi “Qorovultepa” mahallasida ijtimoiy soha obyektlarida o‘rganish ishlari olib borildi
янв.21
КУЗ-ҚИШ МАВСУМИГА ТАЙЁРГАРЛИК ИШЛАРИ КЎЗДАН КЕЧИРИЛДИ.
янв.21
Ishonchni qozonish — masʼuliyatdir
янв.21
DEPUTAT SAYLOVCHILAR BILAN UCHRASHDI
МОЙНАҚ РАЙОНЫНДА "БИРИНШИ ҚОҢЫРАЎ" ҲӘМ "БИЛИМЛЕР КҮНИ" БАЙРАМЫ

МОЙНАҚ РАЙОНЫНДА "БИРИНШИ ҚОҢЫРАЎ" ҲӘМ "БИЛИМЛЕР КҮНИ" БАЙРАМЫ

Бүгин 2-сентябрь күни, Республикамыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплери қатарында Мойнақ районында да 2025-2026-оқыў жылының ашылыўын сәўлелендиретуғын "Биринши қоңыраў" жаңлады.

"Билимлер күни" мүнәсибети менен Мойнақ районы 4-санлы мектебинде өткерилген салтанатлы илажда Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы Б.Утамбетова, партияның депутатлық топар басшысы У.Урынбаевалар қатнасып, муғаллимлер, оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарын жаңа оқыў жылы менен қызғын қутлықлады.

Илаж даўамында билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жас әўладтың билим алыўы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳаққында тоқтап өтилди. Онда жаңа оқыў жылына жоқары руўх ҳәм үлкен тәртип пенен кирип келиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Slide 1 of 1