Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi kotibiyati mudiri Z.Qudratov tomonidan 24 ta muhim yo‘nalish doirasida G‘ujbog‘tepa mahallasida hokim yordamchisi faoliyati o‘rganildi.
янв.21
Xalq deputatlari Navbahor tumani Kengashi deputatlariga O'zbekiston Respublikasining muhim qonunlari biriktirib berildi.
янв.21
#yoshlar_maslahat_guruhi
янв.21
Tuman Kengashi raisi T.Abdiyev hamda kotibiyat mudiri Z.Qudratov tomonidan Oqoltin mahallasida mahalla yettiligining faoliyati 24 ta muhim yo‘nalish doirasida atroflicha o‘rganildi.
янв.21
Депутатлик фаолияти
янв.21
ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ ТАДБИРЛАРИ ЎТКАЗИЛДИ
янв.21
Navbahor tumanidagi “Qorovultepa” mahallasida ijtimoiy soha obyektlarida o‘rganish ishlari olib borildi
янв.21
КУЗ-ҚИШ МАВСУМИГА ТАЙЁРГАРЛИК ИШЛАРИ КЎЗДАН КЕЧИРИЛДИ.
янв.21
Ishonchni qozonish — masʼuliyatdir
янв.21
DEPUTAT SAYLOVCHILAR BILAN UCHRASHDI
Мүнәсибет

 2025-жыл 23-июнь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 98-санлы парман менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын жетилистириўге қаратылған әҳмиетли бағдарлар белгилеп берилмекте. Мине, усындай әҳмиетли мәселелерден бири бул - жергиликли Кеңеслер арасындағы өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў болып есапланады. Өткен жылдан баслап Олий Мажлис Сенатының басламасы менен тәжирийбе тәризинде жергиликли Кеңеслер арасында өз-ара бирге ислесиў байланысларын орнатыў ҳәм тәжирийбе алмасыў жумыслары жолға қойылғанын атап өтиў керек. Онда ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслердиң депутатлары ҳәм секретарьиаты хызметкерлеринен дүзилген ўәкиллер топары басқа аймақлардағы жергиликли Кеңеслердиң жумысы менен жақыннан танысып, өзлериниң унамлы жетискенликлери менен бөлиспекте.
Бул тәжирийбе жергиликли Кеңеслер арасында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўдағы дәслепки қәдем болып есапланатуғыны сөзсиз. Пәрман болса бул әмелият усы жылдан кең көлемде жолға қойылады, енди өз-ара бирге ислесиў ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар кесиминде анық белгиленген бағдарларда жолға қойылатуғыны белгиленбекте.
Соның ишинде, енди өз-ара бирге ислесиў шеңберинде бир неше аймаққа тийисли болған социаллық-экономикалық, айрықша ҳәм техноген жағдайлар, климат өзгериўи ҳәм екологиялық мәселелерди улыўма көзқарас тийкарында шешиў бойынша биргеликте үйрениўлер алып барылады ҳәм нәтийжеси Кеңеслердиң қоспа мәжилислеринде додаланады.
Сондай-ақ, жергиликли Кеңеслер тәрепинен аймақлар арасында саўда-экономикалық байланысларды күшейтиў мақсетинде өз-ара пайдалы шараятларды ўәкиллик шеңберинде белгилеў де нәзерде тутылмақта. Жергиликли Кеңеслердиң жумысы менен байланыслы болған бундай өз-ара тәжирийбе алмасыўларды шөлкемлестирип барыў республикадағы барлық жергиликли Кеңеслердиң жумысына унамлы тәсир етип ғана қалмастан, Кеңеслерде бирден-бир жумыс жүргизиўдиң шөлкемлестирилиўине де өз үлесин қосады.

 А.Матчанов
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты