Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлик фаолияти
янв.21
ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ ТАДБИРЛАРИ ЎТКАЗИЛДИ
янв.21
Navbahor tumanidagi “Qorovultepa” mahallasida ijtimoiy soha obyektlarida o‘rganish ishlari olib borildi
янв.21
КУЗ-ҚИШ МАВСУМИГА ТАЙЁРГАРЛИК ИШЛАРИ КЎЗДАН КЕЧИРИЛДИ.
янв.21
Ishonchni qozonish — masʼuliyatdir
янв.21
DEPUTAT SAYLOVCHILAR BILAN UCHRASHDI
янв.21
Фуқаролар муаммолари доимий ўрганилмоқда
янв.21
DEPUTATLIK NAZORATI
янв.21
Ўзбекистон Республикаси Президентди Ш.М.Мирзиёевнинг Венгрия ва Словенияга амалга оширган расмий ташрифлари натижалари
янв.21
Ўзбекистоннинг дунё саҳнасидаги зафарли қадами
Мүнәсибет

Бүгинги күнде Өзбекстанда алып барылып атырған сиясий процесслер мәмлекетимиздиң жаңаланыў ҳәм раўажланыў жолындағы исенимли қәдемлерин сәўлелендиреди. Конституциялық реформалар, демократиялық институтларды беккемлеў, пуқаралық жәмиетин раўажландырыў сыяқлы реформалар - бәршемиздиң ертеңги күнимиз ушын жуўапкершиликли қатнас жасаўымызды талап етеди.Өзбекстан Халық демократиялық партиясы жумысының орайында - инсан, оның өмири, ҳуқықлары ҳәм мәплери турады.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, турақлы сиясий орталық жаратылғаны, пуқаралардың сиясий процесслерде белсене қатнасыўы ушын кең имканиятлар жаратып атырғаны - унамлы қәдемлер сыпатында атап өтиў орынлы.

Соның менен бирге, ҳәр қандай реформа процесинде халықтың социаллық қорғалыўы, кем тәмийинленген қатламлардың мәплерин тәмийинлеў, әдиллик ҳәм теңлик принциплерине әмел етиў әҳмийетли болып есапланады.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы социаллық әдилликти тәмийинлеў, жумыссызлықты азайтыў, пенсия ҳәм напақа системасын жетилистириў, майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелий илажлар алып барылмақта.

Сондай-ак, Өзбекстан Халық демократиялық партиясының идеялық мақсет ҳәм ўазйпаларын халық арасында, әсиресе партия электораты арасында үгит-нәсият етиў баслы ўазыйпалардың бири саналады. Бунда бирниши гезекте басланғыш партия шөкемлеринде үгит-нәсият илажларын шөлкемлестриў, онда партия электораты ўәкиллерин қыйнап киятырған машқалаларын үйрениў ҳәм унамлы шешим табылыўына ерисиў ушын депутатлар менен биргеликте әмелий илажлар шөлкемлестирип келмектемиз.

Халықтың абадан турмысы ушын өзимиздиң бар күш жигеримиз бенен белсене ҳәрекет етемиз.

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси секретариаты баслығы С.Усенов

Slide 1 of 1