Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
PAYSANBA: FAOLIYAT VA MAS’ULIYAT KUNI (Deputatlik vazifalarini samarali va mas’uliyatli bajarish kuni)
янв.21
🏛 Jonli muhokama jarayoni davom etmoqda.
янв.21
Muhokama jarayonidan jonli axborot
янв.21
Muhokama jarayonidan jonli axborot
янв.21
Muhokama jarayonidan jonli axborot
янв.21
Bitiruvchilar uchun ta’lim va huquq-tartibot sohasi bo‘yicha tushuntirish uchrashuvi
янв.21
Yoshlar xavfsizligi va huquqiy ong — jamiyat barqarorligining muhim omili
янв.21
Boburshoh mahallasida jinoyat yuzasidan jamoatchilik muhokamasi o‘tkazildi
янв.21
Xalq deputatlari Namangan shahar Kengashining Suv xo‘jaligi va ekologiya masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi yig‘ilishi bo‘lib o‘tmoqda.
янв.21
Aholi bilan ochiq muloqot
Мүнәсибет

 Жергиликли Кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, оның басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен мәлимлеме алмасыў имканиятын тәмийинлеў, жәмиетшилик, әсиресе, бүгинги күн сайлаўшыларының талапларына жуўап бере алыўы ушын санлы
технологиялардан нәтийжели пайдаланыўға айрықша әҳмиет бериў зәрүрлигин атап өтиў керек.

2025-жыл 23-июнь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 98-санлы парман ҳәм
оның менен тастыйықланған Концепцияда жергиликли Кеңеслердиң жумысын санластырыў бағдарында кең көлемли жумыслар нәзерде тутылғанын көриўимиз мүмкин.

Бүгинги күнде жергиликли Кеңеслердиң жумысын санластырыў жумыслары "Е-Кенгаш" порталы шеңберинде әмелге асырылмақта. Бул Портал жергиликли Кеңеслердиң жумысына байланыслы барлық процесслерди қамтып алады ҳәм барлық имканиятлар "бир ноқаттан турып әмелге асырыў" принципи тийкарында ислейди.
Енди Порталда жергиликли Кеңеслердиң рәсмий веб-сайтлары ҳәм Кеңеслер ҳәм секретарьиатлардың барлық ҳүжжетлери жүргизиледи, сондай-ақ, статистикалық мағлыўматлар ҳәм мәлимлемелердиң инсан факторысыз автоматикалық түрде қәлиплесиўи жолға қойылады.
Концепцияда жергиликли Кеңеслердиң депутатларын санлы технологиялар ҳәм "Санлы ҳүкимет" мәлимлеме системаларынан пайдаланыў бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде турақлы оқыў-семинарларын шөлкемлестирип барыў да нәзерде тутылған. Бул Концепция жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының электрон мағлыўмат алмасыўын және
де жеделлестирип, қарар қабыл етиў процесслерин әпиўайыластырыўға хызмет етеди.
 

А.Абдижалиева
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты