Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat saylovchilari bilan suxbat o‘tkazdi
янв.21
XALQ DEPUTATLARI MUZRABOT TUMANI KENGASHI DOIMIY KOMISSIYALARI FAOLIYATI
янв.21
Deputat faoliyatining eng muhim yo‘nalishlari
янв.21
XALQ DEPUTATLARI MUZRABOT TUMANI KENGAShI DOIMIY KOMISSIYALARI FAOLIYATI
янв.21
Yoshlarga oid davlat siyosati to‘g‘risidagi qonun ijrosi o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari Muzrabot tumani Kengashi doimiy komissiyasi majlisi o‘tkazildi
янв.21
Deputatlik nazorat-tahlil tadbirlari
янв.21
Har bir murojaat deputatlar e’tiborida
янв.21
Deputatlik so‘rovi ijrosi: murojaat qilingan masala ijrosini ta’minlash nazoratga olindi
янв.21
Deputatlar tomonidan tumanda qonunlar ijrosi va targ‘iboti bo‘yicha o‘rganishlar olib borilmoqda
Мүнәсибет

 Мен, 11-“Қумбыз” сайлаў округынан Халық депутатлары Хожели
районлық Кеңеси депутаты Пиримбетова Наргиза усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген
график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар
менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған
кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың
абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа
жумыс орынларын жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған
Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң
сессияларында қабыл етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин
жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды
шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
 

Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген
"Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти жоқарылатыў жылы"
Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер
инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти
тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў
ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында да толық
мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 12 мүрәжат
келип түсти. Олардың ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық
басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды.
Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша
әмелий илажлар көрилмекте.
 

Соның ишинде, аймақтағы 33-санлы улыўма илим бериў
мектеби алдына дыққәт балалар ҳәм
тезлик
30 кмге шеклеў бойынша арнаўлы жол белгилерин орнатыў мәселеси ҳәмде аймақтағы
газ тармақларының трубаларын алмастырыў мәселелери унамлы шешилип, халық ушын
әҳмийетли болған машқалаларға шешим табылды. Бул болса сайлаўшылардың турмыс
сапасы ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға хызмет етти.
 

Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде
әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын,
мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм
аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында
айқын сезилип атырғанын айрықша атап өтти.
 

Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округим аймағындағы ишки
жолларды оңлаў, еки аймақты байланыстырыўшы көпир сыяқлы әҳмийетли машқалалар
басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў,
олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның тийкарғы
бағдарларынан бири болып қалмақта.
 

Соның менен бирге, халық депутатлары Хожели районлық
Кеңесиниң сессиялары, турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының
жумысында турақлы қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты
ойландырып атырған социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған
қарарлардың халық мәплерине хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды
алға қойып келмектемен.
 

Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў,
олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик
пенен қатнас жасаў және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның
тийкарғы бағдары болып қалады.
 

  

  

Н.Пиримбетова, 

11-Қумбыз сайлаў округынан
Халық депутатлары
Хожели районлық  

Кеңеси депутаты