Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputatlar tomonidan qonun ijrosi yuzasidan o‘rganishlar olib borildi
янв.21
“Yangiyer” mahallasida “mahalla yettiligi” faoliyati o‘rganildi
янв.21
Deputat faoliyati: aholi murojaatlari joyiga chiqib o‘rganildi
янв.21
Mahalla yettiligi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Deputatlar tomonidan qonun ijrosi va targ‘iboti yuzasidan o‘rganishlar olib borildi
янв.21
Deputatlik nazorat-tahlil tadbirlari o‘tkazildi
янв.21
Deputat faoliyatining eng muhim yo‘nalishlari bo‘yicha o‘rganishlar o‘tkazildi
янв.21
Deputatlar qonunlar ijrosini joylarda o‘rganmoqda
янв.21
XALQ DEPUTATLARI MUZRABOT TUMANI KENGASHI DOIMIY KOMISSIYALARI FAOLIYATI
янв.21
Deputatlar biriktirilgan qonunlar ijrosini joylarda o‘rganmoqda
Мүнәсибет

 Мүнәсибет 

  

  

Мен, 17-“Бердақ” сайлаў
округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Ғайратдин Сабуров
усы жылдың 6 айы даўамында белгиленген
график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша
сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Атап айтқанда,
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық
раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары
Нөкис районлық Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин
ҳаққында түсиниклер берилди.
 

Соның менен
бирге, «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы» Мәмлекетлик
бағдарламасында нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди
ҳәм мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилди.
 

Жыл басынан
бүгинги күнге шекем сайлаўшылардан 12 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар тийисли
жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешим тапты.
 

Мәселен, "Ақманғыт"
посёлкалық пуқаралар жыйынының "Сары алтын" көшеси турғынлары суў
тармақларына жалғап берилди. Соның менен бирге, "Әжинияз" ҳәм
"Күнхожа" көшелерине қум шағал араласпасын жатқызыў жумыслары алып
барылып атыр.
 

Соны да атап өтиў
орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы
екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықларын билдирди.
 

Сессия, турақлы
комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, онда партиямыз
электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип
келмектемен.
 

  

  Ғайратдин Сабуров, 

 17-“Бердақ” сайлаў
округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты