Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalıq deputatları Moynaq rayonlıq Keńesine ÓzXDPnan deputat A.Jolımbetova “Qazaqdárya” awıl puqaralar jıyını baslıǵı menen birge aymaq turǵınlarınıń mashqalaların úyrendi.
янв.21
Xalıq deputatları Moynaq rayonlıq Keńesine ÓzXDPnan deputat K.Nasırova aymaq turǵınlarınıń mashqalaların úyrendi.
янв.21
“Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди
янв.21
Қәўипсиз бақша: Депутат тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди
янв.21
Мойнақ районлық Жаслар ислери бөлими жумысы үйренилди
янв.21
Мүнәсибет
янв.21
#Мүнәсибет
янв.21
Мүнәсибет
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
#Мүнәсибет
#Депутат_ҳәм_жаслар

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова Шымбай районы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, питкериўши жаслар менен ушырасты.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Утепбергенова, районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, партия белсендиси Г.Мамбетниязова ҳәм белсене жаслар қатнасты.

Тез арада мектепти тамамлап, жаңа турмыс босағасында турған жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың келешектеги мақсетлерин анықлаў, жоқары билимлендириўге қамтып алыныўы ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў мақсетинде шөлкемлестирилген бул ушырасыў ашық ҳәм қызғын сәўбетлесиў руўхында өтти. Илаж даўамында депутат мәмлекетимизде жаслар сиясаты тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, атап айтқанда, жаслардың жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын жаратылып атырған имаканиятлар, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлери ушын берилип атырған айрықша жеңиллик ҳаққында толық тоқтап өтти. Сондай-ақ, заманагөй кәсип-өнерлерди пуқта ийелеў ҳәм мийнет базарында мүнәсип орын табыў мәселелери додаланды.

Ушырасыў соңында мектеп питкериўшилери бүгинги шөлкемлестирлген ушырасыўдан миннетдар екенликлерин билдирип, келешекте Ўатанымыз раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын жетик қәнигелер болып жетисиўге умтылатуғынлығын атап өтти.

Slide 1 of 5