Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ
янв.21
#Бир_мәҳәлле_бир_баслама_акциясы
янв.21
Kitap oqıw mádeniyatın rawajlandırıw boyınsha ámeliy jumıslar úyrenildi.
янв.21
Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды
янв.21
"Депутат мәҳәлледе”
янв.21
БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди
янв.21
Депутат ҳәм сайлаўшылар ушырасыўы өткерилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
Қарақалпақстанның раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қарарлар түсиндирилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатлары өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.

 Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты
Сейтназарова Замира Тахтакөпир районы "Ғәрезсизлик" мәкан пуқаралар
жыйынында болып, өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Илажда тийисли мәкеме
шөлкемлер, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары
қатнасты.
 

Ушырасыўда дәслеп депутат З.Сейтназарова тәрепинен Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий
Мәжилиси ҳәм де Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси
сайлаўшыларға кеңнен түсинтирилди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде әмелге
асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар,
пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында атап өтип, депутат З.Сейтназарова
2025-жыл даўамында өз депутатлық искерлиги бойынша сайлаўшыларға есабат берди.
 

Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар
бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлары тыңланды ҳәм шешими
депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.
  

Slide 1 of 4