Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ
янв.21
#Бир_мәҳәлле_бир_баслама_акциясы
янв.21
Kitap oqıw mádeniyatın rawajlandırıw boyınsha ámeliy jumıslar úyrenildi.
янв.21
Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды
янв.21
"Депутат мәҳәлледе”
янв.21
БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди
янв.21
Депутат ҳәм сайлаўшылар ушырасыўы өткерилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
Қарақалпақстанның раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қарарлар түсиндирилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
Шымбай районы ХДП: ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Утепбергенова Абадан Шымбай районы "Кеңес" аўыл пуқаралар жыйынында болып, өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, тийисли мәкеме, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Ушырасыўда дәслеп депутат А.Утепбергенова тәрепинен Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси ҳәм де Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси сайлаўшыларға кеңнен түсинтирилди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында атап өтип, депутат А.Утепбергенова 2025-жыл даўамында өз депутатлық искерлиги бойынша сайлаўшыларға есабат берди.

Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлары тыңланды ҳәм шешими депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 4