Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ
янв.21
#Бир_мәҳәлле_бир_баслама_акциясы
янв.21
Kitap oqıw mádeniyatın rawajlandırıw boyınsha ámeliy jumıslar úyrenildi.
янв.21
Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды
янв.21
"Депутат мәҳәлледе”
янв.21
БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди
янв.21
Депутат ҳәм сайлаўшылар ушырасыўы өткерилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
Қарақалпақстанның раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қарарлар түсиндирилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
МҮНӘСИБЕТ

КОНСТИТУЦИЯ — ИНСАН ҚАДРИ, ЕРКИНЛИК, ТЕҢЛИК ҲӘМ ӘДИЛЛИК ГИРЕЎИ 

    Бүгин "Төк таў" мәкан пуқаралар жыйыны "Бердақ" басланғыш партия шөлкеминде Өзбекстан ХДП Нөкис районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясының отыз үш жыллығы мүнәсибети менен "Конституция - инсан қадри, еркинлик, теңлик ҳәм әдиллик гиреўи" атамасында дөгерек сәўбети өткерилди. 

    Онда сөзге шыққанлар, Конституция мәмлекеттиң сиясий-ҳуқықый раўажланыўында айрықша орын ийелеп, мәмлекет ҳәм пуқаралар арасындағы жуўапкершиликли қатнасықлардың беккем нормативлик тийкарын белгилеп беретуғынлығын атап өтти. Бас нызам мәмлекеттиң ҳуқықый көринисин белгилеп беретуғын тийкарғы нормативлик ҳүжжет сыпатында улыўмахалықлық тилеклеслик, инсаныйлық принциплери ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Slide 1 of 1