Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ
янв.21
#Бир_мәҳәлле_бир_баслама_акциясы
янв.21
Kitap oqıw mádeniyatın rawajlandırıw boyınsha ámeliy jumıslar úyrenildi.
янв.21
Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды
янв.21
"Депутат мәҳәлледе”
янв.21
БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди
янв.21
Депутат ҳәм сайлаўшылар ушырасыўы өткерилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
Қарақалпақстанның раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қарарлар түсиндирилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
МҮНӘСИБЕТ

Нөкис районында "Ең белсенди депутат" таңлаў өткерилди

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Нөкис районлық кеңеси тәрепинен "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" сүрени астында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары арасында "Ең белсенди депутат" таңлаўының районлық басқышы өткерилди.

Таңлаў қатнасыўшылары "Халықтың машқаласын шешиўдиң ең нәтийжели жолы," "Сиясий тез жуўап бериў" ҳәм "Машқаланы шешиў" атамасындағы 3 шәрт бойынша өз билим ҳәм тәжирийбелерин көрсетти.

Төрешилер қурамының баҳалаў нәтийжесине бола 16-санлы “Қутанкөл” сайлаў округынан Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Рахат Пурханов биринши орынды ийелеп таңлаўдың Қарақалпақстан Респубьликасы басқышына жолламаны қолға киргизди. Депутат Ғайратдин Сабуров екинши, депутат Нуратдин Сейтназаров үшинши орынды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазлары диплом менен сыйлықланды.

👉 Каналға ағза болың: https://t.me/xdp_qr

Slide 1 of 1