35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

Депутат_мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялык партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шымбай факультетинде болып, оқыў имаратының гүз-қыс мәўсимине таярлық жағдайын ҳәм жылытыў системаларының бүгинги ҳалатын үйренди.

♻️ Илаж даўамында оқыў имаратларындағы жылытыў тармақларының ислеў сапасы, қазанханалардың исенимлилиги ҳәм қәўипсизлик илажлары арыўлы көзден өткерилди. Оқыўшы-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылар ушын қыс айларында қолайлы шараятларды жаратыў баслы мақсет екенлиги атап өтилди.

✍️ Илаж жуўмағында депутат факультет жуўапкерлери ҳәм хызметкерлери менен пикирлесип, анықланған кемшиликлерди қысқа муддетте сапластырыў бойынша тийисли усыныс ҳәм көрсетпелерин берди.

Slide 1 of 3