Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Yangi o‘quv yiliga tayyorgarlik jarayoni o‘rganildi
янв.21
Hududlarda oʻrganishlar izchil davom etmoqda: Mirishkor tumanidagi investitsiya zonalari diqqat markazida
янв.21
Mirishkor tumanida yoshlarning yozgi ta’tili mazmunli tashkil etilmoqda.
янв.21
KENGASH HUZURIDAGI EKSPERT GURUHINING YIG‘ILISHI BO‘LIB O‘TDI.
янв.21
Sog’liqni saqlash masalalari doimiy e’tiborda.
янв.21
Xalq deputatlari Mirishkor tumani Kengashi kotibiyati hamda Yoshlar ishlari bo‘limi hamkorlikda ish boshladi.
янв.21
Tomorqa — daromad va baraka manbai Mirishkor tumanida tomorqadan unumli foydalanib, ham oilasiga, ham elga foyda keltirayotgan xonadonlar safi kengaymoqda.
янв.21
Pomiq
янв.21
Do'stlik
янв.21
Zafar
ХАЛЫҚТЫ ҮЗЛУКСИЗ ГАЗ БЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕЎ – БАСЛЫ ЎАЗЫЙПА

ХАЛЫҚТЫ ҮЗЛУКСИЗ ГАЗ БЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕЎ – БАСЛЫ ЎАЗЫЙПА

Шымбай районында пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў, әсиресе гүз-қыс мәўсимине пуҳта таярлық көриў ҳәм аймақларды турақлы газ бенен тәмийинлеў мәселелери турақлы түрде депутатлардың итибарында турмақта

✅ Усы мүнәсибет пенен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков районлық газ тәмийнаты бөлиминде болып, алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

♻️ Илаж даўамында О.Толыбеков бөлим тәрепинен халықты ҳәм социаллық тараў объектлерин үзлуксиз тәбийий ҳәм суютырылған газ бенен тәмийинлеў, тармақларда алып барылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының сапасы ҳәм режедеги ўазыйпалардың орынланыўына айрықша итибар қаратты.
Буннан тысқары, аймақлардағы газ тармақларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметлер сапасын арттырыў ҳәм пуқаралардан түсип атырған мүрәжатларды өз ўақтында унамлы шешиў бойынша тараў қәнигелерине тийисли усыныс ҳәм тапсырмалар берилди.

✍️ Район аймағында халықтың турмыслық зүрүрликлерин қанаатландырыў ҳәм социаллық-экономикалық инфраструктураны бекемлеўге қаратылған депутатлық қадағалаў жумыслары турақлы даўам еттириледи.

Slide 1 of 4