Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
Deputat “Mahalla yettiligi” faoliyati bilan tanishdi
янв.21
XALQ DEPUTATLARI TERMIZ SHAHAR KENGASHI
янв.21
Deputat “Mahalla yettiligi” faoliyati bilan tanishdi
янв.21
Deputat “Mahalla yettiligi” faoliyati bilan tanishdi
янв.21
Xalq deputatlari Termiz shahar Kengashi deputatlari joylarda o‘z saylovchilari bilan uchrashuvlari bo‘lib o‘tmoqda.
янв.21
XALQ DEPUTATLARI TERMIZ SHAHAR KENGASHI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI TERMIZ SHAHAR KENGASHI
янв.21
Xalq deputatlari Termiz shahar Kengashining 12-sessiyasi bo’lib o’tdi.
янв.21
Surxondaryoda bitiruvchi yoshlar uchun biznes marafon oʻtkazildi
янв.21
O‘zbekiston va Ozarbayjon hamkorligi xalqlar manfaatiga qaratilgan yangi davrni boshlab bermoqda
Мүнәсибет

2024-жыл парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өткен сайлаўларда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан жәми 5 депутат сайланып, партия топары дүзилиўине ерисилди. 2025-жылдың өткен биринши ярым жыллығы даўамында партия топары менен биргеликте бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, партия ағзалары, электорат ўәкиллери ҳəм халықтың сиясий-ҳуқықый билими ҳəм де белсендилигин асырыў, пуқаралық позициясын беккемлеўге, партияның сайлаў алды бағдарламасында белгиленген мақсет ҳəм ўазыйпаларды сайлаўшылар арасында үгит-нәсиятлаўға қаратылған 60 тан аслам жақын илаж өткерилген болып, онда 2000 мыңнан аслам қатнасыўшы қамтып алынды.

Сондай-ақ, депутатлық топар менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында 20дан аслам мүнәсибет ҳам интервьюлар берилди.

Халықтың, сайлаўшылардың партияға болған көз-қарасын ҳәм исенимин арттырыўға қаратылған әмелий жумыслардың нәтийжесинде 200 ден аслам пуқара партия ағзалығына қабыл етилди.

Ҳəрекет бағдарламасында 2025-жылдың дәслепки 6 айы ушын белгиленген 3 мəселе ҳəм де ҳəрекет бағдарламасынан тысқары партия топарының басламасы менен 3 мəселе жəми 6 мəселе депутатлық топарлары жыйналысларында, 5 мәселе турақлы комиссия жыйналысларында көрип шығылды. Соннан 5 мəселе сессия күн тəртибинде додадаланып, тийисли қарарлар қабылланды. Соның менен бир қатарда 3 мәртебе лаўазымлы шаҳслардың есабатлары тыңланды.

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси жанында шөлкемлетирилген “Жəмийетшилик қабыллаүханасы”на 2025-жылдың 6 айы даўамында партия кеңеси ҳəм депутатларға пуқаралар тəрепинен жәми 153 мүрәжат келип түскен болса, бул мүрәжатлардың барлығы унамлы шешим тапты.

Сайлаў округлериндеги сайлаўшылардан келип түскен мүрәжатларды унамлы шешиўге қаратылған 58 депутатлық сораўы тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге жиберилип, олардың 96 пайызы унамлы шешилиўине ерисилип, қалған мүрәжатлардың шешими депутатлар тәрепинен қадағалаўға алынды. 

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары тәрепинен жаңа нызам жойбарларына 15 мәрте усыныслар жиберилди.

✅ Сондай-ақ, “Мехир үлесейик” жойбары шеңберинде партия кеңеслери жуўапкер хызметкерлери, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары, белсенди жаслар менен биргеликте аймақларда жасаўшы жəрдемге мүтəж инсанлар, нураныйлер, майыплығы болған шахслар ҳəм кем тəмийинленген 30 дан артық шаңарақлар жағдайындан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери тарқатылды.

➡️ Партия кеңеси ҳәм депутатлық топарына алдында турған ўазыйпалардың орынланыўында, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда белсендилик пенен жумыс алып барамыз.

Сыдық НУРМАМБЕТОВ,

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Шымбай районлық кеңеси баслығы

Slide 1 of 1