Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
📌 Ички йўлларни таъмирлаш ва сақлаш масалалари муҳокама қилинди
янв.21
📌 Учрашув ва ўрганишлар олиб борилди
янв.21
Депутатлик одоби қоидалари ижроси таҳлил қилинди
янв.21
📌 Халқ депутатлари Сўх туман Кенгашининг навбатдаги сессияси бўлиб ўтди
янв.21
📍 Ўрганиш ва назорат ишлари олиб борилди
янв.21
📍 Депутат ташаббуси билан Офтобру МФЙда йўллар асфальтлаштирилди
янв.21
Депутат ҳудудларда
янв.21
Депутат назоратида
янв.21
Ўрганиш ишлари амалга оширилди
янв.21
Депутат ҳудудларда
Кегейли ХДП: Партия искерлиги ҳәм депутатлардың жумыслары талқыланды

Өзбекстан ХДП Кегейли районлық партия кеңеси ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының қоспа мәжилиси болып өтти.

📌 Онда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы Р.Алламбергенов, Кегейли районлық партия кеңесиниң баслығы М.Мырзатаев ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының ағзалары қатнасты.

♻️ Мәжилис күн тәртибинде “Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы ПП-330-санлы қарарының Кегейли районындаға орынланыўына бағышланған мәселе додаланды.

✅ Мәжилисте Кегейли районында “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде алып барылып атырған жумысларды үйренип шығыў ҳәм усы мәселени районлық Кеңестиң гезектеги сессиясына алып шығыў бойынша қарар қабыл етилди. 

✍️ Сондай-ақ, партия шөлкемлери ҳәм депутатлар жумысының 2024-жыл рейтинг жуўмақлары бойынша район көрсеткишин жақсылаў мәселелерин додалаўда депутатлар аймақтағы орын алған машқалаларды үйрениў ҳәм унамлы шешиўде депутатлық сораў институтынан нәтийжели пайдаланыў және үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм ҒХҚда шығыўларды шөлкемлестириўди және де жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 4