Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары А.Алланиязова ҳәмде М.Мырзатаевлар райондағы “Абат” АПЖ аймағында болып “мәҳәлле жетилиги” менен ушырасты.
Ушырасыўдан тийкарғы мақсет аймақта ушырасып атырған машқалалар, шешими күтилип атырған мүражатларды унамлы шешилиўи бойынша ўазыйпалар белгилеп алыўдан ибарат болды.