✅ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты, тийисли тараў кәнигелери менен биргеликте «Көнши» МПЖ аймағындағы 26-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемесинде үйрениў жумыслары алып барылды.
Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Н.Бердимуратов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.
♻️ Үйрениў даўамында мәкемеде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилиўи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар талланды. Сондай-ақ, балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, таярлаў процесслери көзден өткерилди. Билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.
📌 Орынларда үйрениў жумыслары даўам етпекте.