Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялык партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында жайласқан 14-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаңа оқыў жылына таярлығын үйренди.
✅ Үйрениўлер даўамында депутат оқыў классханаларының сазлығын, билимлендириў процеси ушын жаратылған шараятларды ҳәм мектептиң материаллық-техникалық базасын толық көзден өткерди. Сондай-ақ, жылытыў системасының жағдайы, оқыўшыларды сапалы сабақлықлар ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў дәрежесине айрықша итибар қаратылды.
🔹 Илаж соңында депутат мектеп жәмәәти менен пикирлесип, жаңа оқыў жылын жоқары дәрежеде баслаў, оқыўшыларға мүнәсип ҳәм қәўипсиз шараятларды жаратыў бойынша тийисли тапсырмалар берди.