Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
Navoiy shahar Yoshlar ishlari bo‘limining faoliyati o‘rganildi
янв.21
Navoiy viloyati ko‘zi ojizlar maxsus kutubxonasi shahar filialining faoliyati o‘rganildi
янв.21
Binokor mahallasida ijtimoiy xodim faoliyati o‘rganildi
янв.21
Janubiy mahallasida hokim yordamchisining ish faoliyati o‘rganildi
янв.21
Janubiy mahallasida ijtimoiy xodim faoliyati oʻrganildi
янв.21
Tadbirkorlik subyektlariga ko‘rsatilayotgan obodonlashtirish xizmatlari va tariflar o‘rganildi
янв.21
Yoshlar xiyobonidagi ichki yoʻlaklar va yoritish tizimi holati oʻrganildi
янв.21
Yoshlar xiyobonida olib borilayotgan qurilish ishlari oʻrganildi
янв.21
“FITO-FARM LEK” MCHJning “Shams Navoiy” dorixonasi faoliyati oʻrganildi
янв.21
Markaziy dehqon bozorida sanitariya-tozalik holati va savdo faoliyati oʻrganildi
КЕҢЕС БАСЛЫҒЫНЫҢ ГЕЗЕКТЕГИ УШЫРАСЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ

КЕҢЕС БАСЛЫҒЫНЫҢ ГЕЗЕКТЕГИ УШЫРАСЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ

♻️ Бүгин “Темир жол гүзары” МПЖ аймағында жайласқан 14-санлы улыўма билим бериў мектебинде Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбековтың гезектеги пуқаралар менен ушырасыўы өткерилди.

Илажда Мәҳәллелер аўқамы районлық бөлими баслығы А.Даўлетмуратов, «мәҳәлле жетилиги» ағзалары, тийисли тараў қәнигелери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

✅ Ушырасыў даўамында аймақ турғынлары тәрепинен социаллық-экономикалық, мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў, бәнтлик, коммунал тараўлар ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжатлар ҳәм усыныслар билдирилди. Билдирилген ҳәр бир мүрәжат Кеңес баслығы тәрепинен толық тыңланып, шешими бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

✍️ Илаж соңында аймақ турғынлары сөзге шығып, соңғы жыллары мәҳәлледе әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылып атырған жоқары дыққат-итибар ушын өз миннетдаршылықларын билдирип өтти.

Slide 1 of 5