35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
"Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди
янв.21
"Депутат хам жаслар” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди
янв.21
Мүнәсибет
янв.21
#Мүнәсибет
янв.21
#Мүнәсибет
янв.21
МОЙНАҚТА ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ БАСЛАНДЫ
янв.21
Тиббий муассасаларни замонавий асбоб-ускуналар билан жиҳозлаш борасидаги ишлар
янв.21
Oliy ta’limga qamrov ko‘rsatkichining oshishi: 2026-yilda erishgan natijalar
янв.21
Мустақиллик йилларида халқ таълими тизимидаги туб ислоҳотлар ва янги мактаблар қурилиши
янв.21
Xalıq deputatları Moynaq rayonlıq Keńesine ÓzXDPnan deputat A.Jolımbetova “Qazaqdárya” awıl puqaralar jıyını baslıǵı menen birge aymaq turǵınlarınıń mashqalaların úyrendi.
Депутат_қадағалаўы

 Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары тәрепинен райондағы Орайлық емлеўханада әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениў жумыслары алып барылды.

♻️ Илажда партия топары ағзалары А.Есемуратов ҳәм А.Утепбергенова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм Орайлық емлеўхана жуўаплы хызметкерлери қатнасты

📌 Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 27-февраль күнги “Мүтәж шахсларды протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация етиўдиң техникалық қураллары менен тәмийинлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-88-санлы қарарының орынланыўы үйренилди.

✅ Мәлим болыўынша, районлық Медицина бирлеспелери ушын ажыратылған улыўма орынлар кесиминде 5 процент майыплығы болған шахслар ушын медициналық реабилитациялаў мақсетинде районлық Медицина бирлеспесинде жәми 250 орынлық койка бар болып, соннан, 12 орын (хирургия 2 орын, неврология 6 орын, терапия 2 орын ҳәм басқалар 2 орын) ажыратылған.
Жыл басынан 446 майыплығы болған пуқара районлық емлеўханада стационар ҳәм амбулатор шараятта емленип шыққан. Буннан тысқары, Майыплығы болған шахсларды реабилитация етиў ҳәм протезлеў миллий орайында 153 пуқара стационар ҳәм 187 пуқара амбулатор тәртипте медициналық реабилитациядан өткерлиген. Бул илажлар пуқаралардың саламатлығын тиклеў ҳәм функционал имканиятларын арттырыўға хызмет етпекте.

✍️ Үйрениў жуўмағында депутатлар тәрепинен қарардың орынланыўын және де нәтийжели шөлкемлестириў, майыплығы болған шахсларға медициналық хызмет көрсетиў сапасын арттырыў ҳәм оларды өз ўақтында реабилитация илажлары менен қамтып алыў бойынша тийисли усыныслар билдирилди ҳәм бул бағдардағы депутатлық қадағалаў избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Slide 1 of 7