Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
Xalıq deputatları Moynaq rayonlıq Keńesine ÓzXDPnan deputat A.Jolımbetova “Qazaqdárya” awıl puqaralar jıyını baslıǵı menen birge aymaq turǵınlarınıń mashqalaların úyrendi.
янв.21
Xalıq deputatları Moynaq rayonlıq Keńesine ÓzXDPnan deputat K.Nasırova aymaq turǵınlarınıń mashqalaların úyrendi.
янв.21
“Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди
янв.21
Қәўипсиз бақша: Депутат тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди
янв.21
Мойнақ районлық Жаслар ислери бөлими жумысы үйренилди
янв.21
Мүнәсибет
янв.21
#Мүнәсибет
янв.21
Мүнәсибет
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
#Мүнәсибет
30-июнь — Жаслар күни

Әзиз жаслар! Сизлерди мәмлекетимизде ҳәр жылы үлкен көтериңкилик пенен белгиленип атырған әжайып байрам 30-июнь — Жаслар күни мүнәсибети менен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси ҳәм өз атымнан шын жүректен қызғын қутлықлайман!
Жаслар — елимиздиң тиреги, жәмийетимиздиң ҳәрекетлендириўши күши ҳәм жарқын келешегимиздиң ҳақыйқый ийелери есапланады. Бүгинги күнде Шымбай районында жасларымыздың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеўи, спорт, мәденият, илим ҳәм исбилерменлик тараўларында өз қәбилетлерин толық жүзеге шығарыўы ушын барлық имканиятлар жаратылмақта.
Районымыз жасларының түрли тараўларда ерисип атырған үлкен жетискенликлери, илим ҳәм спорт майданларындағы жеңислери бизге шексиз мақтаныш бағышлайды. Сизлердиң ғайрат-жигериңиз, жаңаша көзқарасыңыз ҳәм Ўатанға болған сүйиспеншилигиңиз районымызды буннан да раўажланыўына хызмет етеди.
Әзиз жаслар! Сизлерге беккем денсаўлық, таўсылмас күш-ғайрат, оқыўларыңыз ҳәм дөредиўшилик жумысларыңызда үлкен табыслар тилеймен. Келешекке қойған бийик мақсетлериңизге ҳәр қашан ерисип жүриўиңизге тилеклеспен!
Байрамыңыз мүбәрек болсын, әзиз жаслар!

Ҳүрмет пенен,
О.Толыбеков
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы