35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
Xalıq deputatları Moynaq rayonlıq Keńesine ÓzXDPnan deputat A.Jolımbetova “Qazaqdárya” awıl puqaralar jıyını baslıǵı menen birge aymaq turǵınlarınıń mashqalaların úyrendi.
янв.21
Xalıq deputatları Moynaq rayonlıq Keńesine ÓzXDPnan deputat K.Nasırova aymaq turǵınlarınıń mashqalaların úyrendi.
янв.21
“Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди
янв.21
Қәўипсиз бақша: Депутат тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди
янв.21
Мойнақ районлық Жаслар ислери бөлими жумысы үйренилди
янв.21
Мүнәсибет
янв.21
#Мүнәсибет
янв.21
Мүнәсибет
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
#Мүнәсибет
ШЫМБАЙДА ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЫ: 27 ШАҢАРАҚҚА АЗЫҚ-АЎҚАТ ӨНИМЛЕРИ ТАРҚАТЫЛДЫ

ШЫМБАЙДА ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЫ: 27 ШАҢАРАҚҚА АЗЫҚ-АЎҚАТ ӨНИМЛЕРИ ТАРҚАТЫЛДЫ

Мүбәрек Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен елимиздиң барлық орынларында мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм өз-ара аўызбиршиликке толы түрли сақаўат ҳәм қайырқомлық илажлары шөлкемлестирилмекте.

Атап айтқанда, "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен Шымбай районында гезектеги саўаплы баслама әмелге асырылды.
Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, районлық «Инсан» социаллық хызметлер орайы хызметкерлери ҳәм «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары қатнасты.
Қайырқомлық илажы даўамында «Темир жол гүзары» МПЖ аймағындағы социаллық қорғаў реестринде турыўшы 27 шаңараққа байрам мүнәсибети менен зәрүр азық-аўқат өнимлери тарқатылды.

✍️ Жүзлерге күлки, кеўиллерге үмит бағышлап атырған бундай мийрим-шәпәәт илажлары район бойлап даўам етпекте.

Slide 1 of 3