Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
🔰Kambag‘allikni qisqartirish ishlari – deputatlar e’tiborida
янв.21
🔰Vasiylik va homiylik masalalari – deputatlar e’tiborida
янв.21
🔰Aholi bandligini ta’minlash – deputatlar e’tiborida
янв.21
🔽Kambag‘allikdan chiqarish ishlari – deputatlar e’tiborida
янв.21
🔰E’tibor va g‘amxo‘rlik – inson qadrining amaliy ifodasi
янв.21
🔽Sifatli tibbiy xizmat – aholi salomatligi kafolati
янв.21
🔰Toza ichimlik suvi ta’minoti – deputatlar e’tiborida
янв.21
🔰Yoshlar bandligi va bo‘sh vaqtini mazmunli tashkil etish – deputatlar e’tiborida
янв.21
🔰Saylovchilar murojaatlari – deputat e’tiborida
янв.21
🔰Ijtimoiy xizmatlar sifati – deputatlar e’tiborida
Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте

Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте

♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитети Президиумының 2026-жыл 3-апрельдеги Ҳ-4/3-санлы қарары тийкарында Шымбай районы «Қаракөл» МПЖ аймағында жайласқан 19-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде арнаўлы жумысшы топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.

✅ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Г.Ещанова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Н.Бердимуратов ҳәм де тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

✍️Үйрениў даўамында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Санитариялық-гигиеналық талаплардың орынланыўы, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары, Балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин туўры сақлаў ҳәм аўқат таярлаў процесслери көзден өткерилди. Сондай-ақ, билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

📌 Район аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бундай жәмийетлик қадағалаў ҳәм үйрениў жумыслары турақлы даўам етпекте.

Slide 1 of 6