Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
Mahalladagi obodonlashtirish hamda huquqbuzarliklar profilaktikasi masalalarini muhokama qilindi
янв.21
Deputat mahalla xodimlari faoliyati bilan tanishdi
янв.21
“Og‘ir” mahallada olib borilayotgan ishlar o‘rganildi
янв.21
Ichki yo‘llarni ta’mirlash ishlari o‘rganildi
янв.21
Fuqaro murojaati o‘rganildi
янв.21
XALQ DEPUTATLARI BO'STONLIQ TUMANI KENGASHINING 2026-YIL 29-IYUN - 3-IYULGA MO'LJALLANGAN HAFTALIK ISH REJASI
янв.21
Xalq deputatlari Bo‘stonliq tumani Kengashi tomonidan 2026-yil 22–26-iyun kunlari amalga oshirilgan ishlar DAYJESTI
янв.21
Aholining tomorqa ekinlarini sug‘orish bo‘yicha mavjud muammolar o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari Bo‘stonliq tumani Kengashining Korrupsiyaga qarshi kurashish, davlat organlarida ochiqlikni ta’minlash va huquqiy masalalar bo‘yicha doimiy komissiyasining yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Aholining suv, elektr energiyasi va tabiiy gaz ta’minoti bilan bog‘liq muammolari “xonadonbay” o‘rganildi
МУНАСИБЕТ

 Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты 

  

Мен, 3-“Мақпалкөл” сайлаў округынан Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты Нуржанов
Бахытжан Ержанович, усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе,
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын
жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар,
олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
 

Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў,
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 11 мүрәжат келип түсти. Олардың ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте. 

Соның ишинде, район орайынан “Атакөл” аўыл пуқаралар жыйыны орайына шекемги жолдың пуқаралардың “Ашық бюджет” жойбарында жеңимпаз болып, жолдың асфальтланыўы жап-салмаларды бетонлаў мәселелери унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға шешим табылды. Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға хызмет етти. 

Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап өтти. 

Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округим аймағындағы жолды асфальтлаў, жап-салмаларды бетонлаў сыяқлы әҳмийетли машқалалар басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдарларынан бири болып қалмақта. 

Соның менен бирге, халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң сессиялары, турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен. 

Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары болып қалады. 

  

Нуржанов Бахытжан Ержанович. 

 3-“Мақпалкөл” сайлаў округынан Халық
депутатлары
Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты