Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Жамоатчилик маслаҳат кенгаши фаолиятидан.
янв.21
Косонсой тумандаги ДМТТ лар фаолияти депутатлар назоратида.
янв.21
“Vatan uchun, xalq uchun, millat uchun” shiori ostida Mustaqillik bayrami va Birinchi qo'ng'iroq «Bilimlar kuni»
янв.21
Сиёсий партиялар ҳамкорлиги.
янв.21
Косонсой туманида ўтказилган тадбир тавсилотлари
янв.21
маҳаллаларда хавфсиз муҳитни яратиш ва ҳуқуқбузарликни барвақт олдини олиш бўйича маҳалла раислари, профилактика инспектори билан семинар мулоқот ўтказилди
янв.21
ЎзЛиДеП партияси хотин - қизлар бўлими билан ҳамкорликда иш олиб бормоқда.
янв.21
Доимий комиссия қўшма йиғилиши бўлиб ўтди.
янв.21
Косонсойдаги "Муғ қалъаси" тобора ўз сирларини очиб бормоқда.
янв.21
Олий Мажлис қонунчилик палатаси депутатлари билан ҳамкорликдаги ишлар
МҮНӘСИБЕТ

МҮНӘСИБЕТ

Өзбекстанның халықаралық абыройын беккемлеў, өз-ара тең ҳуқықлылық тийкарында бирге ислесиў ҳәм шерикликти жедел раўажландырыў. 

Өзбекстан ХДП Сайлаўалды бағдарламасы 15-қәдем.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен мәмлекетимиздиң қоңсы ҳәм басқа да мәмлекетлер менен дипломатиялық қатнасықларды жолға қойыў арқалы социал-экономикалық тараўларда бирге ислесиў, қәўипсизлик, экологиялық машқалаларды бирге шешиўде  халықаралық ҳуқықый нормаларға әмел қылыў  бойынша усыныслар, басламалар ҳәм усы бағдарда алып барып атырған сиясаты тек  Орайлық Азия мәмлекетлери арасында емес, бәлки дүньядағы раўажланған мәмлекетлердиң басшылары, сиясатшы ҳәм экспертлери тәрепинен жүдә жоқары дәрежеде баҳаланбақта.

Ҳақыйқатында да президентимиз Халық аралық анжуманларда, саммитлерде бүгинги күнде дүнья жүзине қәўип туўдырып атырған машқалалар ҳәм қәўиплер, оларды дипломатиялық қатнасықлар тийкарында унамлы шешиў бойынша турақлы түрде усыныслар берип келмекте.

Буғын мысал ретинде 2025-жыл 21-май күни Венгрия қаласында өткерилген Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезексиз саммитин алып қарасақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев дүнья жүзинде болып атырған қарама-қарсылықлар, инсан келешегине болған қәўип-қәтерлер, мәмлекетлердиң саўда-сатық, экономикалық қатнасықларындағы жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм халықаралық  әҳмийетли мәселелер шеңберинде мәмлекетлердиң улыўма жандасыўы ҳәм позицияларын күшейтиў бойынша бир қанша усынысларды алға сүрди. 

Атап айтқанда :

  -ҳәр қандай машқалаларға халықаралық ҳуқық нормалары, Бирлескен миллетлер шөлкеми Нызамы тийкарында шешим табыў;

-Украина әтирпапындағы жағдайды дипломатия ҳәм сөйлесиўлер алып барыў жолы менен ҳал етиў;

-Фалестина-Израил мәмлекетлериниң арасындағы қарама-қарсылықларды «Еки халық ушын-еки мәмлекет» принципинде  шешиў;

-Афганстандағы қурамалы жағдайды итибарға алыў ҳәм оны биргеликте шешиў;

- Өткен жылы “Түркий мәмлекетлер арасында стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққында»ғы битимди қабыл етиў ҳәм оны келеси ўақытта Баку саммитинде қол қойып тастыйықлаў;

-жақын жылларда өз-ара саўда-сатық қатнасығын кескин көбейтиў принципинен келип шығып «Түркий-трейд» онлайн платформасын жаратыў ҳәм саўданы  жеделлестириў бойынша әмелий жумысларды күшейтиў;

-Транскаспий халықаралық жолы арқалы жүк тасыў көлемин кеңейтиў ҳәм бажхана-шегара тәртиплерин ықшамластырыў ушын «Бирден-бир айна» ҳәм «Жасыл коридорлар» системаларын жолға қойыў, усы мақсеттеги бирге ислесиўди кеңейттириў мақсетинде ноябрь айында Ташкентте Түркий мәмлекетлердиң Халықаралық мультимодал транспорт ҳәм логистика форумини өткериў;

-инновациялық жойбарларды хошаметлеў ушын қосымша венчур компаниясын шөлкемлестириў;

-санаат кооперациясы тараўында әмелий бирге ислесиўди күшейтиў, бунда химия, энергетика, таў-кән, жеңил санат, фармацевтика, кийим-кеншек, азық-аўқат ҳәм қурылыс тараўларында Санаат кооперациясыбағдарламасын ислеп шығыў;

-«Қурғақшылық ҳәм экологиялық машқалалардың алдын алыў бойынша қоспа «Жол картасын»  ислеп шығыў.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы өз Сайлаўалды дәстүринен келир шығып, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен Венгрия қаласында өткерилген Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезексиз саммитинде алға сүрген усынысларын толық қоллап-қуўатлайды.

Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңеси депутаты Д. О. Артиков