Районлық Кеңес депутатының есабаты тыңланды
Бүгинги күнде сайлаўшылар менен турақлы пикирлесиў, оларды ойландырып атырған мәселелерди шешиў депутатлардың сайлаў округлериндеги жумысының тийкарғы бағдарына айланды.
Атап айтқанда, 6-Мамый сайлов округинен Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты Т.Ерназаров халық пенен пикирлесиў, орынлардағы бар машқалаларды мәҳәлле кесиминде үйрениў мақсетинде райондағы 5-санлы мектеп имаратында сайлаўшылар менен ушырасты.
Ушырасыўда депутаттың 2025-жылдың I-шереги даўамындағы искерлиги бойынша есабаты тыңланды.
Ушырасыўда пуқаралардан бәнтлик, коммунал хожалығы ҳәм социаллық мәселелер бойынша мүрәжатлар болды, депутат тәрепинен мүрәжатлардың шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.