Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
🛣 Ulug‘bek mahallasida ichki yo‘llar asfalt qilinmoqda: Deputat so‘rovi amalda!
янв.21
Kitob tumanida “Dolzarb 90 kun” loyihasi doirasidagi tadbirlar davom etmoqda
янв.21
Beshariq saylov okrugida tibbiy xizmat sifati o‘rganildi
янв.21
Sessiya kun tartibidagi masalalar joyiga chiqib o‘rganilmoqda
янв.21
Sessiya kun tartibidagi masalalar joyiga chiqib o‘rganilmoqda
янв.21
DEPUTATLIK SO‘ROVIGA RASMIY JAVOB BERILDI
янв.21
Sariosyo MFYda jinoyatchilik profilaktikasi va qonunchilik targ‘iboti o‘rganildi
янв.21
82-sonli maktabdagi qurilish ishlari mas’ullar va deputat nazoratida
янв.21
Tumanimizda tibbiyot muassasasi faoliyati o‘rganilib, qonun targ‘iboti o‘tkazildi
янв.21
Varganza mahallasidagi ishlar holati ko‘zdan kechirildi
МҮНӘСИБЕТ: ПРАГМАТИКАЛЫҚ СИЯСАТ ҲӘМ ЭКОНОМИКАЛЫҚ АШЫҚЛЫҚ - ТУРАҚЛЫ РАЎАЖЛАНЫЎДЫҢ КЕПИЛИ.

 Өзбекстан
Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Петербург халықаралық экономикалық
форумындағы мазмунлы шығып сөйлеген сөзи тек ғана мәмлекетимиз емес, ал пүткил
Орайлық Азия регионының глобал экономикалық структурадағы орны ҳәм стратегиялық
мақсетлерин көрсетип берди. Глобал турақсызлық ҳәм экономикалық қайта
қурылыслар болып атырған бүгинги дәўирде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға
қойылған басламалар өзиниң прагматикалық, узақты гөзлегенлиги ҳәм инсан
капиталына қаратылғанлығы менен айрықша әҳмийетке ийе.
 

Орайлық
Азия - Жаңа экономикалық өсиў орайы Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей,
ашық-айдынлық Өзбекстан ушын тек ғана таңлаў емес, ал турмыслық зәрүрлик болып
есапланады. Бүгинги күнде Орайлық Азия Арқа ҳәм Қубла, Батыс ҳәм Шығысты
байланыстыратуғын ири коммуникация кесилиспесине ҳәм еркин экономикалық өсиў
орайына айланбақта. Күшли, бирлескен ҳәм экономикалық жақтан байланысқан регион
барлық халықаралық шериклердиң стратегиялық мәплерине толық жуўап береди.
 

Россия
менен стратегиялық шериклик: саўдадан жоқары технологияларға шекем, Өзбекстан
ҳәм Россия арасындағы қатнасықлар сапа жағынан пүткиллей жаңа - қурамалы санаат
шынжырлары ҳәм технологиялық альянслар басқышына шыққаны атап өтилди. Кейинги
10 жылда өз-ара товар айланысы 4 миллиард доллардан 13 миллиард долларға
жеткени, жойбарлар портфельи болса 50 миллиард доллардан артқаны буның айқын
дәлили болып есапланады. Энергетика тараўындағы бирге ислесиў, атап айтқанда,
мәмлекетимизде биринши гибрид атом электр станциясы (АЕС) қурылысының басланыўы
Өзбекстанда жаңа инженерлик мектебин жаратыў ҳәм алдынғы технологияларды
өзлестириў жолындағы тарийхый қәдем болып есапланады.
 

Инновациялық
басламалар: "Евроазия технологиялық санаатластырыў белбеўи" ҳәм Санлы
экосистема Президентимиз тәрепинен алға қойылған "Евроазия технологиялық
санаатластырыў белбеўи" басламасы санаат потенциалы, ресурслар ҳәм
базарларды бирлестиретуғын үлкен Кооперация мәканын жаратыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, экономиканың жаңа тилине айланған санластырыў тараўында биргеликтеги
Санлы экосистеманы қәлиплестириў усынысы бизнес ушын жаңа базарлар, пуқаралар
ушын болса қосымша дәрамат дәреклерин жаратады.
 

Ең
жоқары қәдирият - Инсан капиталы ҳәм жаслар Мәмлекетимиз халқының ярымынан
көбин жаслар қурайтуғыны раўажланыў ушын ең үлкен күш дәреги болып есапланады.
Сонлықтан, билимлендириў ҳәм мийнет базарын өз-ара байланыстырыўшы Инсан
капиталын раўажландырыў биргеликтеги онлайн-платформасын жаратыў ҳәм
Самарқандтан Петербургқа шекем креатив-туристлик коридор жойбарын иске қосыў
усыныслары жаслардың потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған узақ мүддетли
инвестиция болып есапланады.
 

Жаңа
Өзбекстан - Инвесторлар ушын исенимли мәкан. Өткен 10 жыл ишинде мәмлекетимиз
экономикасы 50 миллиард доллардан 147 миллиард долларға өсти, 150 миллиард
доллардан аслам сырт ел инвестициялары тартылды. "Өзбекстан - 2030"
стратегиясы шеңберинде экономика көлемин 240 миллиард доллардан арттырыў ҳәм
халықтың дәраматларын және де арттырыў мақсет етилген. Ташкент халықаралық
финанс орайының шөлкемлестирилиўи болса сырт ел инвесторлары ушын қолайлық ҳәм
беккем ҳуқықый кепил болады.
 

Президентимиздиң бул шығып сөйлеген сөзи Өзбекстанның
глобал майданда коньструктивлик, прагматикалық ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған
байланыс тәрепдары екенин және бир мәрте көрсетти. Мәмлекетимиз экономикалық
ашық-айдынлық ҳәм избе-из реформалар жолынан артқа қайтпайды ҳәм дүнья жәмийечилиги
ушын исенимли, турақлы шерик болып қалады.
 

ЕСЕНГЕЛДИЕВ МАХМУД НИЕТБАЕВИЧ — Халық депутатлары Шоманай районлық
Кеңесиниң депутаты.
  

Slide 1 of 1