Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ДЕПУТАТЛАРДЫҢ ЕСАБАТЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ.
янв.21
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.
янв.21
Мәмлекетимиздиң тынышлығы халқымыздың келешеги
янв.21
Парламентлераралық бирге ислесиўши мәмлекетлер саны көбеймекте
янв.21
ҒАЛЛАНГИЗГА ҚЎШИМЧА ЎҒИТ БЕРИНГ ҲАМДА АГРОТЕХНИК ТАДБИРЛАРНИ ЎЗ ВАҚТИДА ҚЎЛЛАБ, ҒАЛЛАДАН МЎЛ ҲОСИЛ ОЛИШГА ЭРИШИНГ!
янв.21
ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТЫНЫҢ МАЗМУНЫ КЕҢ ЖӘМИЙЧИЛИККЕ ЖЕТКЕРИЛДИ
янв.21
ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛӘЖЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ.
янв.21
ДЕПУТАТЛАР ТӘРЕПИНЕН ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТЫНЫҢ МАЗМУНЫН КЕҢ ЖӘМИЙЧИЛИККЕ ЖЕТКЕРИЎ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
янв.21
ДЕПУТАТ ТӘРЕПИНЕН ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТЫНЫҢ МАЗМУНЫ КЕҢ ЖӘМИЙЧИЛИККЕ ЖЕТКЕРИЎ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
янв.21
TARG‘IBOT-TASHVIQOT TADBIRI O‘TKAZILDI
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды сайлаўшылар өз турмысында сезинип атыр

Атап айтқанда, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин түсиндирилди. Сондай-ақ, жылдың атамасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилди. 

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан бир қатар мүрәжатлар келип түскен болып, оларға тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешип берилди. Мәселен, “Қостерек” аўыл пуқаралар жыйынындағы “Қайшылы” аўылы турғынларын ишимлик суў менен тәмийинлеў мәселеси унамлы шешилип, қәўендерлик қаржылары есабынан 0,8 км аралыққа жаңадан ишимлик суў тармағы қурылды.

Соның менен бирге, аймақта жайласқан Жәрмен Ийшан қойымшылығына алып баратуғын 0,32 км. аралықтағы ишки топырақ жолларға қум щебень (ЩПС) араласпасын төсеп берилди.

Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлығын билдирди.

Сайлаў округимдеги 56-санлы “Кеңес шаңарақлық поликлиникасы”ның Қостерек филиалы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрь күнги «2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-454-санлы қарарына тийкар, оңлаў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-октябрь күнги “Қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлери көшелери ҳәм ишки хожалық инфраструктурасын еледе жетилистириў ҳаққында”ғы 665-санлы қарарына тийкар, «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қайшылы аўылынан 1,5 км, Бағлы қытай аўылынан 0,85 км ҳәм де Қара ағаш көшесинен 0,7 км. жәми 3 км. ден аслам ишки топырақ жолларға қум щебень (ЩПС) араласпасын төсеў жумысларын алып барыў белгиленген болып, қурылыс жумыслары жақын күнлерде басланыў алдында турыпты. 

Сессия ҳәм турақлы комиссия, партияның үгит-нәсият илажларында турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен. 

 

Дастенбай АЖИМУРАТОВ,

6-"Қостерек" сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты

Slide 1 of 6