Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2026-жыл 6-апрель күнги 100/X-санлы сессия қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ӨзМТДП нан депутат Н.Аметованың Кегейли районы “Абат мәкан”, “Нурлы бостан”, “Жылўан жап”, “Мәденият” мәкән пуқаралар жыйыныдағы сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўға Халық депутатлары районлық Кеңеси Секретариаты баслығы Б.Искендеров, районлық Кеңес депутаты М.Мырзатаев, көше бийлери, аймақ турғынлары қатнасты.