Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ПАРЛАМЕНТИМИЗ КОРЕЯ РЕСПУБЛИКСЫ ҲӘМДЕ ХОРВАТИЯ МӘМЛЕКЕТЛЕРИ МЕНЕН ДЕ БИРГЕ ИСЛЕСЕДИ
янв.21
Мәмлекетимизде аҳмийетли жойбарлар әмелге асырылады
янв.21
"ҒАЛЛАНИНГ ЗАНГ КАСАЛЛИГИГА ҚАРШИ КУРАШИШ ВА ҲОСИЛНИ ПАРВАРИШЛАШ БОРАСИДА КЕЧИКТИРИБ БЎЛМАЙДИГАН ВАЗИФАЛАР"
янв.21
JERGILIKLI KEŃESLERDIŃ WÁKILLIKLERI KEŃEYMEKTE.
янв.21
ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ОН АЛТЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ
янв.21
ДЕПУТАТЛАРДЫҢ ЕСАБАТЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ.
янв.21
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.
янв.21
Мәмлекетимиздиң тынышлығы халқымыздың келешеги
янв.21
Парламентлераралық бирге ислесиўши мәмлекетлер саны көбеймекте
янв.21
ҒАЛЛАНГИЗГА ҚЎШИМЧА ЎҒИТ БЕРИНГ ҲАМДА АГРОТЕХНИК ТАДБИРЛАРНИ ЎЗ ВАҚТИДА ҚЎЛЛАБ, ҒАЛЛАДАН МЎЛ ҲОСИЛ ОЛИШГА ЭРИШИНГ!
Шоманайда китапқумар жаслар менен ашық сәўбет өткерилди

Ашық сәўбет форматында өткерилген "Book & Coffee Talks" илажы жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын жетилистириў, олардың руўхый-интеллектуаллық потенциалын арттырыў сондай-ақ, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылды.

Илажда Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң депутаты Дина Ибадуллаева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жоқары мағлыўматлы ҳуқықтаныўшы, белгили жазыўшы Орынбай Ешмуратов, партия белсендилери ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыў даўамында китап инсан камалаты, ҳуқықый сана ҳәм пуқаралық позициясын қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Шығып сөйлегенлер елимизде жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар, билимлендириў ҳәм исбилерменлик тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бағдарламалар ҳаққында пикир билдирди. 

Slide 1 of 8