Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ДЕПУТАТЛАРДЫҢ ЕСАБАТЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ.
янв.21
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.
янв.21
Мәмлекетимиздиң тынышлығы халқымыздың келешеги
янв.21
Парламентлераралық бирге ислесиўши мәмлекетлер саны көбеймекте
янв.21
ҒАЛЛАНГИЗГА ҚЎШИМЧА ЎҒИТ БЕРИНГ ҲАМДА АГРОТЕХНИК ТАДБИРЛАРНИ ЎЗ ВАҚТИДА ҚЎЛЛАБ, ҒАЛЛАДАН МЎЛ ҲОСИЛ ОЛИШГА ЭРИШИНГ!
янв.21
ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТЫНЫҢ МАЗМУНЫ КЕҢ ЖӘМИЙЧИЛИККЕ ЖЕТКЕРИЛДИ
янв.21
ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛӘЖЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ.
янв.21
ДЕПУТАТЛАР ТӘРЕПИНЕН ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТЫНЫҢ МАЗМУНЫН КЕҢ ЖӘМИЙЧИЛИККЕ ЖЕТКЕРИЎ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
янв.21
ДЕПУТАТ ТӘРЕПИНЕН ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТЫНЫҢ МАЗМУНЫ КЕҢ ЖӘМИЙЧИЛИККЕ ЖЕТКЕРИЎ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
янв.21
TARG‘IBOT-TASHVIQOT TADBIRI O‘TKAZILDI
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.

         Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси 9-санлы «А.Дабылов» сайлаӯ округинен сайланған депутаты Примбетов Нажиматдин Тахтакөпир районы "Дауир" МПЖда болып, өз сайлаўшылары менен ушырасты.    

        Ушырасыўда депутат Н.Примбетов тәрепинен Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси ҳәмде Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси сайлаўшыларға кеңнен түсинтирилди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында атап өтип, депутат Н.Примбетов 2025-жыл даўамында өз депутатлық искерлиги бойынша сайлаўшыларға есабат берди. 

        Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлары тыңланды ҳәм шешими депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.  

Slide 1 of 4