Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
SAYYOR QABUL: AHOLI MUROJAATLARI O‘RGANILDI
янв.21
PENSIYA TA’MINOTI SOHASIDA QONUN IJROSI O‘RGANILDI
янв.21
Xalq deputatlari Karmana tumani Kengashining doimiy komissiya yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Fuqarolarga bepul huquqiy yordam ko‘rsatish masalalari o‘rganildi
янв.21
Maktab kutubxonasi diqqat markazida: Deputat Zamira Xodjayeva o‘quvchilarning bilim maskani faoliyati bilan tanishdi
янв.21
INDIVIDUAL REJA VA AMALIY YORDAM
янв.21
IJTIMOIY HIMOYA – DEPUTATLIK NAZORATIDA
янв.21
Xalq deputatlari Karmana tumani Kengashining yigirma sakkizinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
"TALQOQ" MAHALLASIDAGI MUAMMOLAR VA QURILISH JARAYONI O‘RGANILDI
янв.21
Hududlardagi muammolar deputat va mas’ullar e’tiborida
Депутатлық қадағалаў: Социаллық хызметлердиң нәтийжелилиги үйренилди

Депутатлық қадағалаў: Социаллық хызметлердиң нәтийжелилиги үйренилди

✅ Шымбай районы "Инсан" социаллық хызметлер орайында Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 27-февральдағы “Мүтәж шахсларды протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация етиўдиң техникалық қураллары менен тәмийинлеў системасын жетилистириў илажлары ҳақкында”ғы ПҚ-88-санлы қарарының орынланыўы бойынша үйрениў жумыслары алып барылды.

⚡️ Үйрениў даўамында орай тәрепинен майыплығы болған шахслар ҳәм кексе жастағы жәрдемге мүтәж пуқараларды протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация етиўдлдиң техникалық қураллары менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар талланды.

♻️ Мәлим болыўынша, бүгинги күнде жәми 357 пуқара реабилитация техникалық қураллары менен тәмийинленген. Соның ишинде, майыплық арбашалары, электр арбашалар, еситиў аппаратлары, ҳасалар, қолтық таяқлар, ходуноклар, көзи әззилер ушын арнаўлы ҳасалар ҳәм басқа да техникалық қураллар мүтәжлерге жеткерип берилген. Сондай-ақ, 87 пуқара 111 дана протез-ортопедия үскенеси менен тәмийинленип, бул олардың ҳәрекетлениў имканиятларын кеңейтиў, еркин турмыс кешириў ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўына хызмет етпекте.

✍️ Үйрениў жуўмағында депутатлар тәрепинен қарардың орынланыўын және де нәтийжели шөлкемлестириў, мүтәж пуқараларды техникалық реабилитация қураллары менен өз ўақтында тәмийинлеў бойынша тийисли усыныслар билдирилди ҳәм бул бағдардағы депутатлық қадағалаў избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Slide 1 of 7