Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
SAYYOR QABUL: AHOLI MUROJAATLARI O‘RGANILDI
янв.21
PENSIYA TA’MINOTI SOHASIDA QONUN IJROSI O‘RGANILDI
янв.21
Xalq deputatlari Karmana tumani Kengashining doimiy komissiya yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Fuqarolarga bepul huquqiy yordam ko‘rsatish masalalari o‘rganildi
янв.21
Maktab kutubxonasi diqqat markazida: Deputat Zamira Xodjayeva o‘quvchilarning bilim maskani faoliyati bilan tanishdi
янв.21
INDIVIDUAL REJA VA AMALIY YORDAM
янв.21
IJTIMOIY HIMOYA – DEPUTATLIK NAZORATIDA
янв.21
Xalq deputatlari Karmana tumani Kengashining yigirma sakkizinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
"TALQOQ" MAHALLASIDAGI MUAMMOLAR VA QURILISH JARAYONI O‘RGANILDI
янв.21
Hududlardagi muammolar deputat va mas’ullar e’tiborida
Депутат сайлаў округинда алып барылып атырған қурылыс жумысларын үйренди

Депутат сайлаў округинда алып барылып атырған қурылыс жумысларын үйренди

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков өзи сайланған «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында болып, алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты.

✅ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 7-май күнги «Энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жойбарларды жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы 300-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында жаңа социаллық объект бой тиклемекте. Атап айтқанда, район ҳәкимлиги балансында болған ески имаратты заманагөй көп тармақлы поликлиникаға айландырыў мақсетинде 6,5 млрд. сўм қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде курылыс кәрханасы болған — «TAJ TURAQ JAY INVEST STORY» ЖШЖ тәрепинен сапалы ҳәм белгиленген кесте тийкарында қарқынлы қурылыс жумыслары алып барылмақта.

✍️ Депутат үйрениў даўамында қурылыс жумысларының сапасы, ислетилип атырған қурылыс материалларының белгиленген талапларға жуўап бериўи ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў стандартларының сақланыўына айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, объектти белгиленген мүддетлерде пайдаланыўға тапсырыў, қурылыс процессинде қәўипсизлик қадағалаўын қатаң сақлаў бойынша жуўапкерлерге тийисли усыныс ҳәм тапсырмалар берилди.

Slide 1 of 3