Депутатлар сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди
🟣 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты П.Реймов ҳәм Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты С.Калжановлар өзлери сайланған аймақта сайлаўшылар менен ушырасыў өткерди.
🟣 Ушырасыў даўамында халықты қызықтырған мәселелер тыңланып, социаллық-экономикалық бағдардағы усыныс ҳәм мүрәжатлар додаланды. Депутатлар тәрепинен бар машқалаларды шешиў бойынша тийисли илажлар белгиленди.
🟣Сондай-ақ, сайлаўшылар менен ашықтан-ашық сөйлесиў орнатылып, олардың пикир-усыныслары депутатлық жумысында инабатқа алыныўы атап өтилди.
✔️ Нөкис қаласындағы ең әҳмийетли қарарлар, ушырасыўлар ҳәм жаңалықлар – усы жерде👇
Telegram (https://t.me/nokisdeputat) | Facebook (https://www.facebook.com/NokisDeputati) | Instagram (https://www.instagram.com/deputatlar_kenesi/)