♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялык партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында болып, пуқаралар менен ушырасты.
✅ Ушырасыў даўамында аймақтағы социаллық-экономикалық жағдай, пуқараларды қыйнап атырған мәселелер ҳәм мәҳәлле аймағын баданластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды. Сондай-ақ, ухалықтың жасаў шараятларын жаксылаў, коммуналлық ҳәм инфраструктуралық тараўлардағы машқалаларды шешиў, сондай-ақ, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлаўға айрықша итибар қаратылды.
🔹 Илаж соңында депутат О.Толыбеков пуқаралар тәрепинен билдирилген усынысларды тыңлап, көтерилген мәселелерди унамлы шешиў, халықтың турмыс сапасын арттырыў бойынша өз усынысларын билдирип өтти.