35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Депутат_мәҳәлледе

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Д.Ажимуратов «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып, Бағлы көшесинде алып барылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысын көзден өткерди.

📌 Мағлыўмат орнында Бағлы көшесиниң 850 метр аралықтағы ишки жолы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-октябрьдеги «Қалалар ҳәм басқа да халық жасаў пунктлери көшелери ҳәм де ишки хожалық жоллары инфраструктурасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 665-санлы қарарына тийкар қум-тас араласпасын төсеў жумыслары алып барылмақта.

🔹Илаж даўамында депутат қурылыс жумысларының сапасын ҳәм белгиленген мүддетлерде жуўмақланыўын өз қадағалаўына алды. Аймақ инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған бундай илажлар пуқаралардың қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Slide 1 of 3