Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
#Infografika_deputatlar_faoliyati
янв.21
Deputat o‘rganishlar markazida: Maktabgacha ta’lim tashkiloti faoliyati ko‘zdan kechirildi
янв.21
Ijtimoiy xizmatlar ko‘rsatilishi va deputat nazorati
янв.21
Deputat nazorati: tibbiy xizmat sifati va dori-darmon ta’minoti tahlili
янв.21
Deputat faoliyati: Hudud rivoji va ijtimoiy soha obyektlari doimiy nazoratda
янв.21
Mustaqillik mahallasida ijro intizomi va tadbirkorlik samaradorligi o‘rganildi
янв.21
Xalq manfaati yoʻlida: ichimlik suvi ta’minoti doimiy nazoratda
янв.21
Surxondaryo viloyat Kengashi deputatlari bilan hamkorlikda Jarqo'rg'on tumanida nazorat-tahlil tadbiri o'tkazildi
янв.21
"Madaniyat" mahallasida mahalla yettiligi hamkorligi ko‘zdan kechirildi
янв.21
Deputat nazorati: Tibbiy xizmat sifati va bepul dori ta’minoti o‘rganildi
#Қайырқомлық_илажы

Мүбәрек Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен елимиздиң барлық орынларында мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм өз-ара аўызбиршиликке толы түрли сақаўат ҳәм қайырқомлық илажлары шөлкемлестирилмекте. Халқымызға тән болған усы асыл қәдриятларды даўам еттириў мақсетинде, Шымбай районында да мүтәж инсанлардың кеўилин көтериўге қаратылған саўаплы жумыслар даўам етпекте.

Қайырқомлық илажы даўамында районымыздағы «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын, социаллық қорғаў реестринде турған 36 шаңарақтан хабар алынды. Бул шаңарақларға Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен күнделикли турмыс ушын керекли болған азық-аўқат өнимлери берилди. Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова, “Кеңес АШП” басланғыш партия шөлкеми баслығы Б.Баймурзаева районлық «Инсан» социаллық хызметлер орайы хызметкерлери ҳәм «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары қатнасты.

✍️ Бундай ғамхорлық ең биринши гезекте ҳәр бир шаңарақта байрам кейпиятын жаратыўға хызмет етпекте.

Slide 1 of 6