Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 14-Бердах сайлаў округинен депутат С.Сайымова тәрепинен сайлаў округи аймағындағы жаслар менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда депутат тәрепинен мәмлекетимизде жасларға қаратылған итибар, жаратылып атырылған имканиятлар, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Буннан соӊ депутат тәрепинен жаслардыӊ пикир ҳәм усыныслары тынланды.