ϴзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Б.Алдамуратов Қараѳзек районы аймағында сайлаўшылар мүрәжатлары ҳәм нызам, ҳүкиметлик қарарлар, аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысын үйренди.
Депутат Б.Алдамуратов ҳәм халық депутатлары Қараѳзек районлық Кеңесине 10-«А.Досназаров» округинен депутат С.Ықласов, Кеңес секретариаты ўәкиллери биргеликте А.Досназаров аўыл пуқаралар жыйынында «мәҳәлле жетилиги» менен ушырасыў ѳткерип, мәҳәлле системасында халық пенен ислесиў, мүрәжатлар ҳәм олардың орынланыў барысы, сондай-ақ, усы жылда әмелге асырылыўы тийис әҳмийетли ўазыйпалар шеңберинде пикир алысты.