Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
#ish_reja_ijrosi 📋 Kengashning bugungi ish rejasida belgilangan vazifalar ijrosi ta’minlandi
янв.21
#kotibiyat_mudiri 🤝 Namuna mahallasida jamg‘arma mablag‘laridan maqsadli foydalanish o‘rganildi
янв.21
#24_ta_masala 🏘 Bo‘ston mahallasida “Og‘ir” mahallalar Dasturi doirasidagi ishlar o‘rganildi
янв.21
#24_ta_masala 💧 Bo‘ston mahallasida “Og‘ir” mahallalar Dasturi doirasidagi ishlar sifati o‘rganildi
янв.21
🏥 21-son oilaviy poliklinikaning yangi binosida qurilish ishlari yakunlanmoqda
янв.21
🏛 MUQADDAS ZAMIN — BUYUK AJDODLAR VATANI
янв.21
#deputat_daftari 📍 Bo'ston mahallasidagi muammolar “Deputat daftari”ga kiritildi
янв.21
🌳 YASHIL MAKON — KELAJAK UCHUN YARATILAYOTGAN YASHIL MEROS
янв.21
#162_qonun 🏫 40-sonli maktabda moddiy-texnik sharoitlar o‘rganildi
янв.21
#19_1_modda ⚖️ 40-maktabda ota-onalarning farzand tarbiyasi va ta’limiga oid majburiyatlari o‘rganildi
Ғәрезсизлик – бул миллетимиздиң еркинлиги ҳәм жарқын келешегиниң тийкары

Ғәрезсизлик – бул миллетимиздиң еркинлиги ҳәм жарқын келешегиниң тийкары

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллық уллы ҳәм қутлы байрамы қарсаңында мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықларынан бири – "Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы" көкирек белгиси менен сыйлықланғаным жүрегимде шексиз мақтаныш ҳәм терең жуўапкершилик сезимлерин оятпақта.
Ғәрезсизлик – бул миллетимиздиң еркинлиги ҳәм жарқын келешегиниң тийкары болып есапланады.
Өткен 35 жыл даўамында елимизде әмелге асырылған кең көлемли реформалар, жаңаланыўлар ҳәм дөретиўшилик жумыслар себепли бүгинги күнде өзгерген, раўажланған Жаңа Өзбекстанды шын кеўлимизден сезип турамыз. Усындай тарийхый байрам қарсаңында азғана мийнетимниң итибарға алынғанлығы мен ушын шексиз мәртебе.
Бул жоқары сыйлықты – ең әўеле, жеке өзимниң мийнетимниң нәтийжеси деп емес, ал Шымбай районының аўызбиршиликли халқының, исенимли сайлаушыларымның елимиз раўажланыўы жолында биргеликте алып барып атырған нәтийжели мийнетине берилген жоқары баҳа деп билемен.
Бул жоқары сыйлықты – ең әўеле, Мамлекетимиз басшысының Халық депутатлары жумысын қоллап-қуўатлап, жергиликли Кеңеслер ўәкилликлерин кеңейтиўге қаратып атырған итибарына, Шымбай районының әзиз халқы ҳәм сайлаушыларымның маған билдирген исеними менен ҳәр бир реформада берген сүйенишине, районымызды социаллық-экономикалық раўажландырыў жолындағы биргеликтеги аўызбиршиликли мийнетимизге берилген мүнәсип баҳа деп билемен ҳәм өз миннетдаршылығымды билдиремен.
Маған тапсырылған бул жоқары сыйлық – мени жаңа шеклерге, елимиздиң гүллеп-жаснаўы ҳәм халқымыздың абаданлығы жолында буннан да белсенди, пидайылық пенен хызмет етиўге шақырады. Билдирилген жоқары исенимди әмелий жумысларым, халық мәпин қорғаў жолында бар билимим ҳәм күш-жигеримди жумсайман.
Елимиз тыныш ҳәм аспанымыз ашық болсын! Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы ҳәр бир шаңараққа куўаныш, берекет ҳәм бахыт-ығбал алып келсин!

Абадан УТЕПБЕРГЕНОВА,
4-санлы "Кеңес" сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы.