Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat targ'ibot ishlari olibbordi
янв.21
Saylovchilar murojaati o‘rganildi
янв.21
Deputatga ko'mak berildi
янв.21
Депутат сайловчиларнинг мурожаатини ўрганди.
янв.21
Deputat nazorati
янв.21
Fuqarolarning mupolaati o‘rganildi
янв.21
Депутат халқ номидан маҳалла еттилиги ходимлари хисоботини эшитди.
янв.21
Депутат сайловчилар билан учрашув ўтказди.
янв.21
Депутат бошчилигида жиноят ва хуқуқбузарликларни олдини олиш мақсадида профилактика инспекторининг хисоботи эшитилди.
янв.21
Deputat saylovchilar mupojaatini o‘rgandi
Мүнәсибет

Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты

Мен, 18-Бахытлы сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Сапарниязов Рейипназар Жолдасбаевич усы жылдың 9-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында 2025-жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшыларға есабат бердим.

Атап айтқанда, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин ҳаққында түсиниклер берилди. 

Соның менен бирге, жылдың атмасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 12 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешим тапты.

Мәселен, райондағы “Бахытлы” аўылы турғынларының қыйтақ жерлерин суўғарыў бойынша машқаласы тийисли мәкеме ўәкиллери менен биргеликте үйренип шығылып, нәтийжеде диаметри 300 мм. болған труба алып бериўде әмелий жәрдем көрсетилди. Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықлары билдирди.

Сессия, турақлы комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, онда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.

           Рейипназар САПАРНИЯЗОВ,

 18-Бахытлы сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты