Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat tomonidan tuman "Inson" ijtimoiy xizmatlar markazida aholi murojaatlari bo'yicha o'rganish olib borildi.
янв.21
"Deputatga savol" – ochiq muloqot o‘tkazildi
янв.21
Депутата туман Давлат архиви фаолиятини ўрганди.
янв.21
Deputatlik nazorati: maktab o‘quvchilari xavfsizligi e'tiborda!
янв.21
Депутат чорвачилик билан шуғулланувчи фуқароларнинг турмуш шароитларини ўрганди.
янв.21
Mahalladagi muammolar va takliflar o‘rganildi.
янв.21
Deputatlar faoliyati reyting natijalari bo‘yicha yuqori baholanganlar taqdirlandi.
янв.21
26-son maktabdagi qo‘shimcha bino qurilishi o‘rganildi.
янв.21
DEPUTAT SAYLOVCHILAR BILAN UCHRASHUV O'TKAZDI.
янв.21
Депутат маҳаллада асфалтлаш ишлари сифатини ўрганди.
Жоқарғы Кеңес депутаты Шымбай районында сайлаўшылар менен ушырасты

 🏛 Жоқарғы Кеңес депутаты
Шымбай районында сайлаўшылар менен ушырасты 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 60-санлы «Тазғара» сайлаў
округинен сайланған депутат Бердиханов Жалғасбай Пиримбетович Шымбай
районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында өз сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.
 

Ушырасыўда район ҳәкими Н.Ещанов, районлық депутатлар, көше бийлери,
нуронийлер, жаслар, тийисли мәкеме ҳәм шөлкем басшылары, ҳәм ғалаба хабар
құраллары вакиллери қатнасты.
 

📋 Ушырасыўдың тийкарғы күн
тәртиби:
 

- Реформалар ҳәм нызамшылық: Мәмлекетимизде соңғы дәўирде қабыл етилген нызамлар, Президент пәрманлары
ҳәм Жоқарғы Кеңес қарарларының мазмун-мәниси халыққа кеңнен түсиндирилди.
 

- Аймақты социалық-экономикалық
раўажландырыў: «Тазғара» сайлаў округине қараслы аймақларда
әмелге асырылып атырған абаданластырыў ҳәм инфраструктураны жаксылаў жумыслары
талқыланды.
 

- Пуқаралар мүрәжатлары: Сайлаушылар тәрепинен ишимлик суўы тәмийнаты, ишки жолларды оңлаў, электр
энергиясы ҳәм бәндлик маселелери бойынша бир қатар усыныс ҳәм муражатлар
билдирилди.
 

  

«Халықтың мәплерин қорғаў, олардың көтерген ҳәр
бир орынлы мәселесине шешим табу ҳәм аймақты раўажландырыў — депутатлық
искерлигимдиң баслы бағдары болып қала береди.»
 

Ушырасыў жуўмағында пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың бир
бөлеги орында унамлы шешилген болса, ўақыт ҳәм үйрениўди талап ететуғын мәселелер
бойынша тийисли мекемелерге депутатлық сораўын жибериў ҳәм қадағалаўға алыў
белгиленди.
 

   

Slide 1 of 7