Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat ijtivoiy himoyaga muhtoj oilalarni o'rgandi
янв.21
Deputat uyma-uy yurish asosida saylovchilarning murojaatlarini o'rgandi
янв.21
Saylovchilar mupolaati o‘rganildi
янв.21
Депутат камбағал оилалар ресстрида турувчи сайловчилар турмуш шароитларини ўрганди.
янв.21
INSON QADRI — AMALDA
янв.21
Депутат сайловчилар муаммоларини ижобий томонга хал этди.
янв.21
Deputat targ'ibot ishlari olib bordi
янв.21
Deputat nazorati
янв.21
Deputat saylovchilar mupojaatini o‘rgandi
янв.21
Deputat aholining ijtimoiy himoyaga muxtoj fuqarolarga xizmat ko‘rsatish muassasi faoliyatini o‘rgandi
⏰ Ушырасыў даўам етпекте

⏰ Ушырасыў даўам етпекте

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты К.Калхоразов өзиниң сайлаў округинде жасап атырған пуқаралар менен гезектеги ушырасыўын өткерди.

Ушырасыў даўамында халықты қыйнап атырған социаллық-экономикалық мәселелер, мәҳәлледеги инфраструктураны жақсылаў, коммуналлық хызметлердиң сапасы, жолларды оңлаў, жаслардың бәнтлиги ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы мәселелер додаланды.

Пуқаралар тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм мүрәжатлар дыққат пенен тыңланды. Айырым машқалалар орнында шешилди, қосымша үйрениўди талап ететуғын мәселелер болса тийисли шөлкемлерге жиберилиўи ҳәм депутатлық қадағалаўға алыныўы атап өтилди.

К.Калхоразов өз искерлиги даўамында халық пенен турақлы пикирлесиўди жолға қойыў, олардың машқалаларына шешим табыў ҳәм аймақты буннан былай да раўажландырыў жолында әмелий жумыслар алып баратуғынын билдирди.

Ушырасыў ашық ҳәм қызғын руўхта өтти.

✔️ Нөкис қаласындағы ең әҳмийетли қарарлар, ушырасыўлар ҳәм жаңалықлар – усы жерде👇

Telegram (https://t.me/nokisdeputat) | Facebook (https://www.facebook.com/NokisDeputati) | Instagram (https://www.instagram.com/deputatlar_kenesi/)

Slide 1 of 2