Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутат фуқароларнинг муаммоларини ўрганди.
янв.21
Депутатлар "Яшил макон" умуммиллий лойиҳаси доирасида кўчат экиш ишлари билан шуғулланди.
янв.21
Депутат фуқаролар муаммоларини ўрганди.
янв.21
Депутат фуқароларга маънавият улашмоқда.
янв.21
Депутат ижтимоий соҳа объектларидаги қурилиш ишларини ўз назоратига олди.
янв.21
Депутат "маҳалла еттилиги" билан аҳоли муаммоларини ўрганди.
янв.21
Депутат сайловчилар муаммоларини уйма-уй юриб ўрганди.
янв.21
Депутат бошчилигида кўчалар шағаллаштирилмоқда.
янв.21
Депутат ташаббуси билан уяли алоқа сифати яхшиланди.
янв.21
Депутат оилавий врачлик пунктидаги қурилиш ишларини ўрганди.
Қатарымыздағы жаслар жойбары

❗️ БЕЛСЕНДИ ЖАСЛАР МЕНЕН ПАРТИЯ ҚАТАРЫ КЕҢЕЙМЕКТЕ

♻️Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеӊеси тәрепинен жаслар менен ашық пикирлесиў, олардың сиясий билимлерин арттырыў мақсетинде Шымбай районы Жаслар ислери бөлиминде “Қатарымыздағы жаслар” жойбары шеңберинде жаслар менен ушырасыў өткерилди.

📌 Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы Д.Ажимуратов ҳәм де белсенди жаслар қатнасты. 

✅ Ушырасыўда сөзге шыққанлар бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлер, олардың өз басламаларын жүзеге шығарыўлары ушын жаратылған шараятлар ҳаққында, соның менен бирге, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсият етиўде партия шөлкемлери ҳәм депутатлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳәм партияның жаслар менен ислесиў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

🔹 Илаж соңында бир қанша белсенди жаслар партия қатарына жаңадан қабыл етилип, оларға партияның ағзалық гүўалықлары тапсырылды.

➡️ Илаж қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Slide 1 of 7