Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Депутаты М.Ибрагимов ҳәм Халық депутатлары Хожели районлық Кеӊеси депутаты Р.Оразимбетова өзлери сайланған округ аймағындағы мәҳәлле жетилиги менен ушырасып аймақ машқалаларын, алып барылыўы керек болған жумысларды додалады.
Ушырасыў даўамында мәҳәлледеги пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар, усыныс пикирлер тыңланды.